1K2Telegramda ochish

MAKAN.UZ kanalidan

Халыққа расын айтатуғын ўақыт келмеди ме? Ҳәзир Covid-19 бенен кеселлениў жағдайы бойынша рәсмий ҳәм тастыйықланбаған статистика бар. Халық ҳақыйқатлықты қабыллаўға тайын. Ол тек өтирик/жасырылып атырған мағлыўматлардан шаршады. Шет ел тәжирийбесин алып қарайық, Европа еллери, ҳәттеки қоңсы Қазақстанның ўәлаятлық бас шыпкерлери де аймағындағы емлеўханаларда орын жоқлығын өзлери ҒХҚ нан шығып жәриялады. Мәмлекеттеги реал жағдайды жасырмады, бәрин көрсетти. Неге енди, бизлерде сол әмелият қолланылмайды? Қарақалпақстанда шыпакерлер Covid-19дан қайтыс болғаны айтылмай атырғанын қалай түсиниў мүмкин? Covid-19 бенен байланыслы рәсмий статистикасы жасалма түрде азайтылып көрсетилмекте. Айырым жерлерде жасырылмақта. Буған мысал сыпатында «Болеющие сотрудники, один туалет на трехэтажное здание: какая ситуация с Covid-19 в центре санэпиднадзора в Каракалпакстане» мақаласындағы шыпакердиң айтқанларын келтириў мүмкин. Неге Covid-19 бенен аўырғанлардың саны жасырылып атыр? Буған себеп, бизиң пикиримизше, Арнаўлы комиссияның 22-июньдағы қарары болды. яғный, коронавирус пенен кеселлениў жағдайы артып кетсе Министрлер Кеңеси баслығының жеке өзи жуўапкер етип бекитилди, аймақта жағдай аўырласса оған жумыстан босатыўға шекемги шара көрилиўи ескертилди. Ҳәзирги болып атырған реал ҳәм қағаздағы рәсмий мағлыўматтың жүзеге келиўине усылай тийкар жаратылды. Қарақалпақстандағы көпшилик орган Министрлер Кеңесине бойсынатуғын жағдайда булардан рас рәсмий мағлыўмат күтиў орынсыз. 22-июннан кейин Қарақалпақстанның Опер-Штабы Арнаўлы комиссия қарарынан парқланатуғын баянлама шығарып ҳәм әмелге енгизип отырғанан көрип отырмыз. Буған мысал сыпатында, лицензиясы бар таксилердиң жүргизбей тасланғанын айтсақ болады. Ҳәзирги жәмийетимиздеги жағдайды Covid-19 бенен бирге мәмлекетлик органлардың ҳақыйқатты жасырып отырғаны аўырластырып атыр. Ҳүрметли басшылар және қашанға шекем бул затларды даўам етесиз? Халыққа ҳақыйқатты айтатуғын ўақыт келмеди ме? Каналға ағза болыў: @makan_uz

Ko‘rsatkichda

Xaritada ko‘rish

Arxivda shunga yaqin