11K58Telegramda ochish

MAKAN.UZ kanalidan

Ташкенттегилерге Қарақалпақстанның нәўбетттеги басшысы ким болатуғыны оғада қызық болып атыр. Қарақалпақстандағылар болса сайлаў спектакли қашан өз жуўмағына жететуғынын күтип жүр. Спектакль деп атаўымыздың себеби, тийкарынан, Жоқарғы Кеңеске сайланған депутатлар халық атынан ис тутыўы керек. Бирақ, олардың усы күнге шекемги халық алдындағы абырайынан келип шықсақ, олар халық ушын емес, өзи ушын хызмет етип атырған депутат атағына ерискен. Соның ушын, Жоқарғы Кеңеске баслық сайлаў туўры мәнисиндеги халықтың тилек-өтиниши, қәлеўлеринен келип шыққан сайлаў болмайды. Ҳақыйқый сайлаў болыўы ушын ҳәзирги Жоқарғы Кеңес ҳаққындағы нызамға өзгерис киргизип, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине баслық сайлаў Жоқарғы Кеңес депутатларының жасырын даўыс бериў жолы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң мақуллаўы менен әмелге асырылады» деген жерин, «Қарақалпақстан Республикасы аймағында жасаўшы пуқаралардың даўыс бериў жолы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң мақуллаўы менен әмелге асырылады» деп өзгертиў керек. Сол ўақытта халықтың өзине баслық сайлаў деген ҳақ-ҳуқықы тәмийинленген болады. Өз округинен сайланған Жоқарғы Кеңес депутатын танымайтуғын ҳәзирги жағдайда бул депутатлар халық атынан деп, өзи ушын мақул адамға даўыс берип отыра береди. Сайланып болып ислеген жумысына есап бермеген «депутатларымыз» Жоқарғы Кеңес баслығы болсын деп кимге даўыс бергенин айтып сирә-дә халыққа есап бермейди. Ҳәзир халық Жоқарғы Кеңеске баслық болатуғын кандидаттың сәл узынрақ схема бойынша сайланып, тайынланыў спектаклин Муса Ерниязов дүньядан өткелли берли тамаша етип отыр. Бүгинги болып атырған сайлаўларда фантастика жүз берип, органнан пуқаралық хызметке өткен ҳәм ҳәмме шамалап жүрген адамның сайланбай қалыўына ҳеш ким исенбейди. Сайлаў жуўмағына жеткен соң Президент келип оны орнына отырғызып кететуғынын да билгенлер билмегенлерге айтып жүрипти. Жуўмақлап айтқанда, Ташкенттегилерден айырмашылықлы түрде Қарақалпақтағылар, сол адам сайланса елде өзгерис болар ма екен, деп ойланып жүр. Жоқарғы Кеңеске баслық сайлаў бойынша нызамның өзгериўи бүгинги сайлаўда жүз бермейтуғын фантастикадай гәп. Оған сирә үмит жоқ. Себеби, нызамларға өзгерис киргизетуғын депутатларымыздың өзине исеним де, үмит те жоқ. Лалагүл Қаллыханова, журналист @makan_uz

Ko‘rsatkichda

Xaritada ko‘rish

Arxivda shunga yaqin