11K42Telegramda ochish

MAKAN.UZ kanalidan

Нөкис қаласында жолды тосып турған пуқаралар жәмийетлик жумыс ислеген адамлар екени анық болды. Ўақыя болған жер Бәнтликке көмеклесиў орайының қасы. Еслериңизде болса, KRUZ.uz сайты бул пуқараларымыздың мәселесин бир неше мәртебе алып шыққан еди (мине сол ўақтағы бир пост https://t.me/kruzuz/15293). Makan.uz’да жәрияланған бир ғана сүўреттиң өзине бизге ҳәкимияттан шығып постты өширип таслаўымызды сорады. Ҳәзир, Нөкис қаласы ҳәкимиятында пуқаралар менен ушырасыў өткерилип, сөйлесиўлер алып барылып атырғаны, оларға айлықларын төлеп бериў мәселеси қаралып атырғаны айтылды. Makan.uz’дан ҳәдийсе сәўлеленген фотоны өшириў, жаздан берли айлықлары төленбеген адамлардың мүрәжатын итибарсыз қалдырыў машқаланың шешими бола алмайды. Ис насырға шапқаннан кейин, айды етек пенен жаўып болмайды. Пуқаралардың машқалаларын итибарсыз қалдырыўдың ақыбети нелерге алып келиўин өзлериңиз көрип жүрсиз. Ҳәкимияттан еле де болса рәсмий жуўап күтемиз. @makan_uz

Ko‘rsatkichda

Xaritada ko‘rish

Arxivda shunga yaqin